<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><author>Кеңесғали Айимбетов</author>
<lyrics>[V1]
 Тыңлаң сөзимди, ей достлар,
 Ийса келди бул дүньяға сен ушын.
 Қутқарыуға Қудайдан, әзелден Ол майланған,
 Адамзат ушын ҳәм сен ушын қурбан болған.

[C1]
   // Келиңлер, дослар, Оны бизлер мақтайық,
   Мақтауға болды Ол ылайық.
   Гүналарымызды алып, бизлерди Ол кеширди,
   Сен ушын, сен ушын, мен ушын Ол жан берди. //

[V2]
 Алғыслаңлар хей адамлар Қудайды,
 Ийсаны сиз қабыллаңлар қууанып.
 Жүреклериңизди ашып, сизлер Оған қорқпастан,
 Мәңгиликти қабыл алыңлар Ийсадан.

[C2]
   // Келиңлер, дослар, Оны бизлер мақтайық,
   Мақтауға болды Ол ылайық.
   Гүналарымызды алып, бизлерди Ол кеширди,
   Сен ушын, сен ушын, мен ушын Ол жан берди. //

[V3]
 Қыйналма, достым, сен налыма,
 Гүнам көп деп, сен қапа болма.
 Қутқарыушы Ийсадан кеширимди сорасаң,
 Кеширимди береди Ийса саған.

[C3]
   // Келиңлер, дослар, Оны бизлер мақтайық,
   Мақтауға болды Ол ылайық.
   Гүналарымызды алып, бизлерди Ол кеширди,
   Сен ушын, сен ушын, мен ушын Ол жан берди. //</lyrics>
<title>Келинлер дослар Оны мактаиык</title>
</song>